John.1.1
Matt.19.4; Mark.10.6


Жаратылыс китабы



ҚҚБ
http://ibt.org.ru/bible
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап.
Ески келисим: Толық тамамланбаған нусқа, октябрь 2016.
Жаңа Келисим: Баспаға рухсат етилди; Қағаз форматы 60(90 1/16. Офсет усылында басылды; Усл. печ. л. 38,5. Тиражы 5000 экз.; Буйыртпа №; «PRINTCORP» типографиясы; ЛП № 347 от 11.05.1999; 220141 Беларусь, Минск, Староборисовский тракт, 40



Creative Commons: by-nd: © Institute for Bible Translation; This work is licensed under the Creative Commons Attribution-NoDerivatives 4.0 International License. To view a copy of this license, visit http://creativecommons.org/licenses/by-nd/4.0/.

Мухаддес Китапты аўдарыў институты
Институт перевода Библии, 101000 Москва, Главпочтамт, а/я 360
ibt_inform@ibt.org.ru
back
close
:
prev / next

Дүньяның жаратылыўы

1 Ең баста Қудай аспан ҳәм жерди жаратты.
2 Жер түр-түссиз қаңырап атырған болып, туңғыйық үстин қараңғылық қаплаған еди. Ал Қудайдың Руўхы болса, суўлардың үстинде ушып жүр еди.
3 Сонда Қудай: «Жақтылық болсын!» – деп буйырды ҳәм жақтылық пайда болды.
4 Қудай жақтылықтың жақсы екенин көрди ҳәм оны қараңғылықтан ажыратты.5 Солай етип, Қудай жақтылықты «күндиз», ал қараңғылықты «түн» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул биринши күн еди.
6 Қудай: «Суўлар ортасында бир гүмбез пайда болып, суўларды бир-биринен айырып турсын!» – деп буйырды.
7 Бул былай болды: Қудай аспан гүмбезин жаратып, гүмбез астындағы суўларды гүмбез үстиндеги суўлардан айырды.8 Қудай гүмбезди «аспан» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул екинши күн еди.
9 Қудай: «Аспан астындағы суўлар бир жерге топланып, қурғақлық көринсин!» – деп буйырды. Солай болды да.
10 Қудай қурғақлықты «жер» деп, ал топланған суўларды «теңиз» деп атады. Қудай буның жақсы екенин көрди.
11 Қудай: «Жер жасыл шөплерди, туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын түр-түрине қарай өндирсин!» – деп буйырды ҳәм солай болды да.
12 Жер жасыл шөплерди, түр-түрине қарай туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын өндирди. Қудай буның да жақсы екенин көрди.13 Кеш болып, таң атты. Бул үшинши күн еди.
14 Қудай: «Күндиз бенен түнди бир-биринен айырыў ушын ҳәм мәўсимлерди, күнлерди, жылларды белгилеў ушын, аспан гүмбезинде жақтыртқышлар пайда болсын.
15 Олар аспан гүмбезинде турып, жер жүзин жақты қылсын!» – деп буйырды. Солай болды да.16 Қудай үлкен еки жақтыртқышты: күндизди басқарыў ушын үлкен жақтыртқышты ҳәм түнди басқарыў ушын киши жақтыртқышты, және де, жулдызларды да жаратты.17-18 Жер жүзин жақты қылып турыў ушын, күндиз бенен түнди басқарыў ушын ҳәм жақтылықты қараңғылықтан айырыў ушын, Қудай оларды аспан гүмбезине жайластырды. Қудай буның да жақсы екенин көрди.19 Кеш болып, таң атты. Бул төртинши күн еди.
20 Қудай: «Суўлар жанлы жаныўарларға толсын! Жер үстинде аспан гүмбези бойлап қуслар ушсын!» – деп буйырды.
21 Қудай айбатлы теңиз жаныўарларын, суўларда толып тасқан пүткил жаныўарларды ҳәм ҳәр түрли қусларды жаратты. Қудай буның да жақсы екенин көрди.22 Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер, теңиз суўларын толтырыңлар. Жер жүзинде қуслар көбейсин!» – деди.23 Кеш болып, таң атты. Бул бесинши күн еди.
24 Қудай: «Жер түрли-түрли жанлы жаныўарларды: малларды, жабайы ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды өндирсин!» – деп буйырды. Солай болды да.
25 Қудай түрли-түрли ҳайўанларды, малларды ҳәм жер баўырлаўшыларды жаратты. Қудай булардың да жақсы екенин көрди.
26 Қудай: «Өз көринисимиздей қылып, Өзимизге уқсатып, адамды жаратайық. Олар теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, маллар, жер баўырлаўшылар ҳәм жер бетиндегилердиң ҳәммеси үстинен ҳәкимлик етсин!» – деди.
27 Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты. Оларды еркек ҳәм ҳаял етип жаратты.28 Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер. Жер бетин толтырып, оны ийелеп алыңлар. Теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, жер бетинде ҳәрекет етиўши барлық ҳайўанатлар үстинен ҳәкимлик етиңлер!» – деди.
29 Қудай және былай деди: «Мине, Мен сизлерге жер жүзиндеги туқым шашатуғын барлық өсимликлерди, туқымы мийўесинде болған барлық жемис ағашларын бердим. Олар сизлерге азық болады.
30 Ал жер бетиндеги жабайы ҳайўанларға, аспандағы қусларға, жер баўырлаўшыларға, улыўма жер бетинде тиришилик етиўши барлық ҳайўанатларға азық ушын көк шөплерди бердим». Солай болды да.
31 Қудай барлық жаратқанларына қарап, олардың ҳәммесиниң де жүдә жақсы екенин көрди. Кеш болып, таң атты. Бул алтыншы күн еди.
prev / next